Get Mystery Box with random crypto!

Бахытлы бол Сулыўлықты алдың жаным қайлардан? Гөззал едиң бар | Қарақалпақ Әдебияты

Бахытлы бол

Сулыўлықты алдың жаным қайлардан?
Гөззал едиң барлық жулдыз-айлардан,
Өзге менен қол усласып кетсең де,
Шықпайсаң-аў сыра кеўил, ойлардан.

Ашық жүрек жолларыңа зар енди,
Сен болмасаң бул дүнья да тар енди
Қәстерлеген сол бир тунғыш мухаббат
Екеўмиздиң арамызда жан берди.

Бирге өткен салқын айлы ақшамлар,
Елеслетер сениң қара көзиңди.
Мухаббаттың жалғанына алданып,
Кешир жаным, умытыппан өзимди.

Сүўрет болар қыйын күнде жубаныш,
Сен қайдасаң, арамыз да дым алыс
Бахытлы бол, сүйген ярым өмирде
Соның өзи маған үлкен қуўаныш.

Автор Бекберген Әдилбаев

Дерек: @QRJas_doretiwshiler


@ADEBIYAT_QR