Get Mystery Box with random crypto!

Жақсы, жаман еркек хəм ҳаяллар Жақсы еркек сыйлайды ата-анасы | Қарақалпақ Әдебияты

Жақсы, жаман еркек хəм ҳаяллар

Жақсы еркек сыйлайды ата-анасын,
Ал жаманы көрсетпес сирә қарасын.
Жақсы ҳаял ериниң қойса ҳүрметин
Ал жаманы бузар туўысқан арасын.

Жақсы еркек жүрер бәрҳа үйим деп,
Жаманы қыйсық басар, қәдеми шеп.
Жақсы ҳаяллар ерин баплап, сазласа
Ал жаманы нама табар, жанын жеп.

Жақсы еркек бала-шағаны ойлайды,
Жаманы күнде арақ ишип тойлайды.
Жақсы ҳаял барын кийер шүкир деп
Ал жаманы кийимге ҳеш тоймайды.

Жақсы еркек туўры жолдан жүреди,
Жаманы ҳаялының үстинен күледи.
Жақсы ҳаял ғыйбаттан болар алыста
Ал жаманы өсекке көп қулақ түреди.

Жақсы еркек үйге тасыйды таўғанын,
Жаманы абырой билер пул саўғанын.
Жақсы ҳаял хызметтен ҳеш қашпайды
Ал жаманы миллет етер нан жаўғанын.

Жақсы еркек гүнадан қорқып қашады
Ал жаманы шайтанға қушағын ашады.
Жақсы ҳаял - отырар барын үнемлеп
Ал жаманы ериниң дүньясын шашады.

Жақсы еркек ҳаялын бəрҳа сыйлайды,
Ал жаманы урыс шығарып қыйнайды.
Жақсы ҳаял - сабыр қылар бундай да
Ал жаманы көзиниң жасын тыймайды.

Жақсы еркек Аллаҳты көп зикир етеди,
Ал жаманы шайтан жолынан кетеди.
Жақсы ҳаял басына көтерер қостарын
Ал жаманы ериниң тап түбине жетеди.


Автор Сағынбай Қурбанов
Хожели районы
24.09.2020-жыл

@ADEBIYAT_QR