Get Mystery Box with random crypto!

Бәхәрий елеслер⚘ Биз куткен жамғырлар мәусими... Тырналар қ | Қарақалпақ Әдебияты

Бәхәрий елеслер⚘

Биз куткен жамғырлар мәусими...

Тырналар қайтыпты! Тырналар...
Аспанда тырналар дизгини,
Қара, басланыпты әзийзим,
Биз куткен жамғырлар мәусими.

Әне:
Костюмы бир қыздың ийнинде,
Кулип қояр жигит көйлекшең,
Сыбырлап қояды хәм әсте:
"Суйиклим, сен маған керексең..."

Айландым ҚМУдың бағларын,
Алдын көп жургенбиз сен менен...
Мен кеттим. Сен кеттиң. Қызығы,
Биз еккен тереклер гуллеген.

Қалмадың, тоқтатып қалмадым,
Айыплап уйрендим тәғдирди,
Мен саған уқсаттым әзийзим,
Бул кунги өткинши жамғырды.

Журиппен мен сени ойламай,
Сенде умытқансаң исмимди.
Сен жоқсаң. Мен жоқпан. Басланар,
Биз куткен жамғырлар мәусими...

Автор Сарбиназ Айтмуратова
Апрел. 2020жыл.

@sen_haqqinda
@ADEBIYAT_QR