Get Mystery Box with random crypto!

Апрель Апрель аспаны – қара тымырық, Бултлардың қудайы берге | Қарақалпақ Әдебияты

Апрель

Апрель аспаны –
қара тымырық,
Бултлардың қудайы берген мәҳәл.
Қапласа әтирапты жым-жыртлық,
Бир жерде бекинип отырар бәҳәр.

Жамғырлар жаўар,
жаўар жамғырлар,
ызғарланады жердиң етеги.
Ләмгершилик.
Aспан жаңғырар
барлықты оятып жер-көктеги.

Нырққа сыймаған нөсер «тамшылап»
сәўирдиң сыйқына келтирер нуқсан.
Аспанның қоңыр дәрти қан жылап
төккен көз жасы –
бул абылайсаң.

Жумсақ минезине қарсы көклемниң
(Абылайсаң бийгана бәҳәрге!)
Ғубарын шайып гүнәкәр әлемниң
қуйып жаўар жылда бир мәрте.

Қуў көйлегин мәшәўлар күншуўаққа
бир жерде бекинип отырған бәҳәр.
Абылайсан шегинген соң аўлаққа
Апрель ҳөл аспанын сыпырар...

Автор Атағулла Сатбаев

@atagulla_satbaev
@ADEBIYAT_QR