Get Mystery Box with random crypto!

Мениң конституциям Журт айтқандай бахтымыздың нызамы, Еркинли | Қарақалпақ Әдебияты

Мениң конституциям

Журт айтқандай бахтымыздың нызамы,
Еркинликтиң, әдилликтиң нышаны,
Кәмилликке бағдарлайды инсанды,
Мениң конституциям!

Үстин қояр бәрҳа мәпин халықтың,
Инсан ҳуқықларын қорғай алыпты,
Жас әўладты туўры жолға салыпты,
Мениң конституциям!

Билим алыў ушын туўдырар имкан,
Шайырлар кеўлине бағышлар илҳам,
Жегизер турмыстан тек те ҳадал нан,
Мениң конституциям!

Миллийликке суўғарылған ҳәр бабы,
Елдиң жырын жырлап, арын арлады,
Жүрек сөзимизди келер арнағым:
Мениң конституциям!

Автор Бахытлы Сарыбаев

@BaxitliSaribaev
@ADEBIYAT_QR