Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ДА БАС НЫЗАМ БАР. (9-Апрель Қарақалпақстан Ре | Қарақалпақ Әдебияты

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ДА БАС НЫЗАМ БАР.

(9-Апрель Қарақалпақстан Республикасы конституциясы күнине)

"Уллы үмит қағаз" алған Маманым
соннан берли өтти талай заманың.
Артта қалды енди барлық жаманың
Қарақалпақларда да бас нызам бар.

Бундай халық жоқ дегенлер тән алды
еркин миллет, еркин халық саналды.
Сездик көксимизге тийген самалды
Қарақалпақларда да бас нызам бар.

Жоғалыуға себеп болар қәтерден
хәй Қудайым, сақла бәле-мәтерден.
Аллаярдай бабам Стан әперген
Қарақалпақларда да бас нызам бар.

Ата-бабалардың болған әрманы
бул бас нызам миллетимиз дәрманы.
Хәр бир бөлим, бапларында бар мәни
Қарақалпақларда да бас нызам бар.

Ерназардың руухы шад болғандур
көрип Бердағымның кеули толғандур.
Кепилине алған болғай Аллам бир
Қарақалпақларда да бас нызам бар.

Автор Жанполат Кәрим 06.03.2021.

@ADEBIYAT_QR