Get Mystery Box with random crypto!

2022-жыл, 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы | Қарақалпақ Әдебияты

2022-жыл, 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 29 жыл толды.

Тийкарғы Нызамым Конституциям


Сөзи инсан ҳуқықынан басланған,
Мәмлекет болып қәдем тасланған,
Елдиң суверенитетин тән алған,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Аллаяр бабаның берген Станын,
Ата жолын, ел тарийхын қорғадың,
Бүгин бири кем отызға толған күн,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Ҳәзир ҳәм келешек әўлад жолында,
Халқымның тәғдири сениң қолыңда,
Әдилликке садықлық ураныңда,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Демократия, жақсы идея,
Бирлескен миллетлер бәри бир уя,
Ашықлық, ҳақыйқат болар жәрия,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Парахатшылықты бас байрақ билген,
Халықтың ерк-ықрарын билдирген,
Мәмлекетти оған жуўапкер еткен,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Сиясатты үйлесимли жүргизген,
Аймаққа өзгермес шегара дүзген,
Мәселени өзи шешеди деген,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Миллет тилин мәмлекет тили деп,
Ел дәстүрин, үрп-әдетин ҳүрметлеп,
Бердиң журттың нышанларын белгилеп,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Байрағым желбиреп, гимним жаңлады,
Гербим белгиленген орнын таңлады,
Сен арқалы ел еллигин аңлады,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Халық ҳәкимият дереги болды,
Өзи не тилесе кереги болды,
Пикир көп түрине аштың сен жолды,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Қорғайсаң ар-намыс, қәдир-қымбатты,
Пуқаралық мәмлекет қурмақты,
Ел мәпин гөзлеўде орның салмақлы,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Кимликке қарамай болар сыйласық,
Тең ҳуқықлы халық ара қатнасық,
Мақсет халық ушын турмыс мүнәсип,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Беккемленген жеке қол қатылмаслық,
Биреўден екинши үстем турмаслық,
Жуўап берер кимдур ислесе қаслық.
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Пуқаралар өзин-өзи басқарар,
Биреў саған шек қойыўға жасқанар,
Саған тийкарланған көп нызамлар бар,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Мәмлекет араласпас ерикке,
Қосылсаң есапсыз, ашық бирикпе,
Зыян тийгизбесең болды бирликке,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Шаңарақлар жәмийеттиң тийкары,
Ер-ҳаялдың ҳуқықлары тең тағы,
Ҳәр жақлама балалардың қорғаны.
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Ашық-айдын елде ғалаба хабар,
Адам не қәлесе керегин алар,
Сен бар жерде елде келешек болар,
Тийкарғы Нызамым Конституциям.

Автор Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ,
09.04.2022-жыл, 0:32