Get Mystery Box with random crypto!

ШАҚЫРЫҚ Басла мени, алға алтын әрманым! Сеннен басқа ерер ери | Қарақалпақ Әдебияты

ШАҚЫРЫҚ

Басла мени, алға алтын әрманым!
Сеннен басқа ерер ерим қалмады,
Өзлеринше "жулдыз" болған жигитлер,
Я өзлерин, яки мени алдады.

Маған ере алмады, ердиң ерлери,
Я ермеди, я итибар бермеди.
Мәпке көшкен мыйықыдай жигитлер,
Қайда кетти көкиректеги шерлериң?...

Қайда кетти, балалықтың бирлиги,
Ҳәм қус киби ушқанымыз дүрлигип.
Ара-тура алмаймыз ба бас қосып,
Сум дүньяны қуўа бермей сүрнигип.

Жеткермейди жуўҳа дүнья қурығыр,
Билмеймиз биз жолдың усы бурыўын.
Сизлер менен мақсет жолым бир болып,
Бөлек болды қатардағы турыўым.

Бөлек болды, даўысым да, дәртим де,
"Бөлекпен"-деп,ҳалласлайды ҳәрким де,
Бул дүньяның ең қызықлы таманы,
Өзге қәлем услатқаны ҳәркимге.

Сонлықтан да ерик берип әрманға,
Барымызша шабысайық арманға.
Бизлердики жоқ жеринен қус аўлаў,
Келмейтуғын қара күш я пәрманға.

Ўақыт зуўлар,бөлингенди бөри жеп,
Бул өмирдиң есик пенен төри көп.
Қайғысызды қара суўға семиртип,
Суў тартқыштай жуқармай ма шери көп?

Бүлбил қусты бийҳуўыш етип бир тыма,
Ылайықлап Әжинияздың журтына,
Сайрап-сайрап бермеймиз бе жигитлер?
Сыймайтуғын етип елдиң турқына!

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@ADEBIYAT_QR