Get Mystery Box with random crypto!

Қыздың жолы жиңишке... 'Сәлем' дедим және ойланып, саған, Жиб | Қарақалпақ Әдебияты

Қыздың жолы жиңишке...

"Сәлем" дедим және ойланып, саған,
Жибермей өширдим, бармады қолым.
"Қалайсыз" десемде қолайсыз маған,
Қыз бала болғансоң жиңишке жолым.

Жазбадым, кеўилсиз шықтым көшеге,
Урланып қарайды бойдақ жигитлер.
"Өз бахтыңа өзиң гүрес" десе де,
Дәлде болар саған деген үмитлер.

Жазар деп жүз кирдим, күттим хабарың,
Еле сен кирмедиң телеграмға.
Көзлерим төрт болып жолға қарадым,
Ойлайман. "Не бопты, өзи аманба?."

Қыйнайды арамыз алыс болғаны,
Қыз бала екенмен. Жолым жиңишке.
"Мени зар күттирип, бул не қылғаны",
Ашыўлы ойлар да басланды иште.

"Тап жазбайман, енди өзинен көрсин,
Жуўабын асығып күтпеймен енди.
Қыз ойларын, кеўлин қаяқтан билсин",
Ақыры ашыўым өзимди жеңди.

Айландым бағларды. Кеш кирди елге,
Телеграмға кирип болдың "онлайн".
"Қалайсыз" деп келди смс демде,
Қуўандым қызық екен саған жағдайым.

Бирақ та, ўәдем бар жуўап жазбадым,
"Не болды?. Жазбайсыз". Келди смс.
Оқып отыраман және жазғанын,
Асығар кеўилим, яқ, бул мен емес.

Тоқтады хабарлар. Кеттиңиз шығып,
Демек, бәрибир ма сизге жазбасам.
Сораўлар қыйнайды күттим ынтығып,
"Не жазсын. Бийшара жуўап жазбасаң?".

Ашыўлар тарқады. Асығып сизге,
"Жақсыман рахмет. Қалайсыз" дедим.
Өжет, қайсар едим қарасам изге,
Бирақ, мен усындай сабырсызбедим?.

"Жақсы көрмейди" деп ойлайсыз, бәлким,
Сезимим сандығы бузылмас иште.
Муҳаббат бабында сизден бир парқым,
Мен бойжеткен қызбан. Жолым жиңишке.....

Автор Гулчеҳра Айтмуратова 21.06.2021

@ADEBIYAT_QR