Get Mystery Box with random crypto!

Жаным, шашларыңа ақ аралапты, мен берген айралық азабы мәгәр, | Қарақалпақ Әдебияты

Жаным, шашларыңа ақ аралапты,
мен берген айралық азабы мәгәр,
Қарап, журегимнен жасларым ақты,
Бүншелли сыр бермес, төзимлисең, яр-
Көзлериңнен уқтым-
Шаршаттым, расы!

Жаным, шашларыңа ақ аралапты,
Еле шерек жыллық жасқа жетпедик,
Сүйенейик енди, бираз шаршадық,
Теңдей арқалайық, дәрттиң дорбасын-
Жузлериңнен уқтым-
Кө-ө-ө-п шаршаттым!


Дейди:"Бир жаманға жақсы жаралар",
Сол жаманың болып жүрсем қасыңда,
Айтсам,жыллар өтип, терлеп, тамсанып,
ун шашарың шаршатты...қалмас шашым да!
Сөзлериңнен уқтым-
Шаршаймыз кулип.



Жаным, шашларыңа ақ аралапты,
Жүр... геземиз... бирге айланып бағды!

Автор Айгүл Қосымбетова

@sheginisten
@ADEBIYAT_QR