Get Mystery Box with random crypto!

*** Қой, күтпеслер күтпей-ақ қойсын, Билмесин көзлери төрт б | Қарақалпақ Әдебияты

***

Қой, күтпеслер күтпей-ақ қойсын,
Билмесин көзлери төрт болыў бахтын.
Инкәрлық иркилип тура ғойсын,
биймазмун өткерсин өмир-ўақтын.

Қой, келмеслер келмей-ақ қойсын,
Күтип тек те көңлиң қартаяр.
Таққаның менен оған талай сын, 
Жудырығына жеткизбей қояр.

Қой, сағынбаслар сағынбай қойсын,
Сөтилмесе болар жүрек тигиси.
Сағынбаслық дәрти қәлбин ойсын,
Сағынбаслығы да - оның кемиси.

Қой, билмеслер билмий-ақ қойсын...

Автор Атағулла Сатбаев

@atagulla_satbaev
@ADEBIYAT_QR