Get Mystery Box with random crypto!

ЖАҢЛА, ҚОСЫҒЫМ Жүрегимнен жай алып, Таярланған бурыннан, Қосы | Қарақалпақ Әдебияты

ЖАҢЛА, ҚОСЫҒЫМ

Жүрегимнен жай алып,
Таярланған бурыннан,
Қосықларым жетилип,
Атылып шық ойымнан.

Кирсең, қайта шықпас бол,
Оқығанның ойынан,
Халықтан күш ал, талмас бол,
Уш Әмиўдиң бойынан.

Тара елден еллерге,
Халықтың ерлик исиндей,
Жеткен жериң тыңласын,
Бәри бир залдың ишиндей.

Сөзиң болса жағымлы,
Кемиси жоқ мүсиндей.
Тез тарайсаң халықлардың,
Дослығының күшиндей.

Жаңла, бийик көтерил,
Тынышлықтың туўындай.
Қумартқанның кеўлине,
Қуйыл күнниң нурындай.

Тас қосығым ағыслы,
Әмиўдәрья суўындай.
Қыялым теңиз болсын да,
Қәлемим жүзсин қуўындай.

Автор Байнияз Қайыпназаров

@Bayniyaz_Qayipnazarov
@ADEBIYAT_QR