Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин сени көргим келди... Сырлас излеп сырларыма, Сым қақтым | Қарақалпақ Әдебияты

Бүгин сени көргим келди...

Сырлас излеп сырларыма,
Сым қақтым көп жалбарына,
Қыр шығардым шалбарыма,
Бүгин сени көргим келип.

Түсиме де кирип шықтың,
Үйден қыял сүрип шықтым,
Алдыңа ғана асықтым,
Бүгин сени көргим келип.

Кетесең гәде дәрексиз,
Биз изиңде ҳәлекпиз,
Қалды сылтаў, себепсиз
Бүгин сени көргим келип.

Не айтаман тап барғанда,
Қалмайын келмей әрманда,
Толғанып тек турман дә,
Бүгин сени көргим келип.

Турған жоқ-аў келгиң келип,
Жыллар өтип бир күн келип,
Баяғы байғус бармекен деп
Қалар бизди де көргиң келип...

Автор Аллаяр Дарменов, 26.06.2021.

@Allayar_Darmenov
@ADEBIYAT_QR