Get Mystery Box with random crypto!

Қашан мени сүйип қаласаң?! Ашықлық дәртиниң таппай әмелин Қул | Қарақалпақ Әдебияты

Қашан мени сүйип қаласаң?!

Ашықлық дәртиниң таппай әмелин
Қулы болдым ышқы атлы бәлениң
Ал сен күлим қағып сулыў сәнемим
Күннен-күнге ынтық етип барасаң

Яки наз ба, сүйдириўиң жарағы? (қуралы)
Сүйсиндирер көзлериңниң қарағы
Билип турып узақлатып араны
Мен сорлыны делбеликке саласаң

Сағынып өзиңди нелер қылмадым?!
Дийдарың аңсаўдан бир сәт тынбадым
Жетпегендей мени дилгир қылғаның
Интизарлық отларында жағасаң

Түсинермен кеўилиңниң нәзигин
Мойынлайын, менде де бар базы мин (кемшилик)
Гейде жараспаса қылған ҳәзилим
Дәрриў үнсиз, жым-жытлыққа аласаң

Саған айтсам жүрегим жол бағдарын
Көрер едиң сенсиз күйик дақларын
Сейил етсең қыялымның бағларын
Үмитлер қасынан мени табасаң

Өзиңсиз қуўаныш маған мандымас
Ҳеш болмаса түслеримде қал бираз
Сен сәўдигим, сәрўи бойлы Сәрбиназ
Қолым жетпес, қыядағы лаласаң

Әнтек көрмей мениң қылған исимди
Өзгерт! Бүгин бийпәрўалық пишинди
Жалғыз сораў тырнар ҳәзир ишимди
Не ислесем мени сүйип қаласаң?!

Автор Жангелдиев Ниетулла (Ойшыл) 25.06.2021ж

@oyshil_qosiqlari
@ADEBIYAT_QR