Get Mystery Box with random crypto!

БОЛАР Бағлар араласаң бүлбил бәршеси, Гүлге баўрын басып сайр | Қарақалпақ Әдебияты

БОЛАР

Бағлар араласаң бүлбил бәршеси,
Гүлге баўрын басып сайраўшы болар.
Гүллердиң жымыйған сәҳәр ғумшасы,
Шадлықты шақырып жайнаўшы болар.

Даланы тең бөлип теңселген тоғай,
Бәҳәр самалынан тиленер шырай.
Сениң изиң түскен бахытлы бир сай.
Гөззал көрнисти жыйнаўшы болар.

Егер шығар болсаң бәлент таўларға,
Қара, төмениңде телмирген ярға.
Екеў атланбасаң таўдай әрманға,
Жалғызлық жаныңды қыйнаўшы болар.

Даўыл болса теңиз ала алмас демин,
Толқынлар таласып жулдыз сүўретин,
Жулқылаған сондай бир уйқысыз түн,
Сағынышым сен деп ойнаўшы болар.

Сен өзиң ләззетли бәҳәрге мегзес,
Дилбар едиң, жаным, ҳәм кийик көзлес,
Саҳра соқпақлары, ярымды излес,
Ол да мудам мени ойлаўшы болар.

Автор Кеңесбай Рахманов

@Kengesbai
@ADEBIYAT_QR