Get Mystery Box with random crypto!

МАҚТАНБАЙМАН Ояныңлар, сезимлерим мүлгиген, Қанат сермең, айт | Қарақалпақ Әдебияты

МАҚТАНБАЙМАН

Ояныңлар, сезимлерим мүлгиген,
Қанат сермең, айтылмаған сөзлерим.
Көзлерим-аў, айра түспең гүл билен,
Мен жаслықтан, муҳаббаттан безбедим.

Еле мениң алынбады шыңларым,
Тулпарымның туяқлары қызбады.
Сөйлемедим, келер еле тыңлағым,
Қызықтырар журттың сулыў қызлары.

Дәўир, маған аўыр жүкти арқалат,
Жары жолда талар болсам, кеширме.
Мениң ушын алда еле салтанат,
Тек жылларым салтаң басы көшиўде.

Еле мениң салынбады жолларым,
Алда талай өрмелемек таўым бар.
Инаныңлар, мен ҳеш нәрсе болмадым,
Тасадаман, мени излеп таўыңлар.

Ўақыт, саған иркил деўге жоқ ҳақым,
Обалым жоқ қалсам сениң изиңде.
Гүзар жолға қосылмады соқпағым,
Еле дурыслап илинбедим дизимге.

Қой, кеўилим, мақтанба сәл нәрсеге,
Шаршай көрме, уллы ислерге тап қарыў.
Мақтанғандай ис болса да бәршеде,
Маған еле узақта ғой мақтаныў.

Автор Кеңесбай Рахманов

@Kengesbai
@ADEBIYAT_QR