Get Mystery Box with random crypto!

ДЕПУТАТ ЗУХРА РЕЙМОВАҒА Сен ана едиң ғой мейрибан ғамхор Жәнн | Қарақалпақ Әдебияты

ДЕПУТАТ ЗУХРА РЕЙМОВАҒА

Сен ана едиң ғой мейрибан ғамхор
Жәннетлер аяғы астында қалған
Перзенти жығылса набада жерге
Хәттеки өз жанын отларға салған

Қәдирлисең, уллысаң тәрийпи теңсиз
Сол ушын Уатанды анаға теңер
Анасы бар қартаймайды билсеңиз
Анасы бар өмирде бәринде жеңер

Сондай уллы атқа дақты түсирип
Елиңди арасат жолда қалдырдың
Атыңа сөгис хәм нәлет өсирип
Бир миллетти неге хақтан жандырдың

Алтын көрсе периште жолынан шығар
Не уәдеге уштың, ким қандай уғар
Атылған таслардан перзентлериңде
Көшеге шығалмай қалғанда шығар

Неге қозғау салдың еркинлигиме?
Неге миллет анасы бул исти ислер
Сонша ер азаматлар бетлемедиме
Сениң бул исиңе ғышырлар тислер

Ерназарды ер қылған Қумар аналар
Аллаярды шер қылған Қумар аналар
Өз перзентин еркинликтен айырған
Бул исиңди хошламай жылар аналар

Автор Бийбиайым Айтмуратова Қоңырат р/н

@ADEBIYAT_QR