Get Mystery Box with random crypto!

МЕН ТҮС КӨРДИМ... 1. Мен түс көрдим, қурысын түси, Шеше мениң | Қарақалпақ Әдебияты

МЕН ТҮС КӨРДИМ...
1.
Мен түс көрдим, қурысын түси,
Шеше мениң түсиме түсин.
Бир жақсыға жорып бер соны,
Қорыққаным қут болсын мениң.

2.
Жин урыпты, болыппан жилли,
Қарап жүрип ыржыйып күлдим.
Қарап жүрип қосық айтаман,
Көкирегим өсип қайтама?!
Аўыл екен келискен сәни,
Сол аўылда болдым биймәни.

3.
Қоябер сен жиллишиликти,
Жулып алып асық-жиликти,
Мен көшеде кемирип жүрмен,
Сөйтип жүрип семирип жүрмен.
Жуўырыстым көлеңкем менен,
Күн аспаннан қулады төмен-
Алғым келип қолымды создым,
Жийде шығар деп, жедим қозды.
Жалаң аяқ сырғанап музда,
Қашып кеттим уялып қыздан.
Меннен ҳәмме қорқысып қашты,
Оннан сайын кеўилим тасты.
Оннан сайын шақалақ аттым,
Арба жолда шалқама жаттым.
Кейин боз-боран боп жыладым,
"Тостағаның жуўма шырағым",
Деп, бир ғарры шайқаған еди,
-Жоқ бол арман, атаңның...дедим.
Өйдегеним досыў-яраннан,
Аға-ини, ата-анамнан,
Басқа шығып кеткен едим мен,
Бир сызықтан өткен едим,мен...
Енди мени ҳәмме сынайды,
Ғәрип анам билсе жылайды,
Деп,өксип атыр екенмен,
Келиншегим оятты бирден.

4.
Көзимди ашсам мегзедим саўға,
Бирақ басым турыпты ғаўлап.
Үйдиң иши,муз жоқ, муз қайда?
Келиншегим,қыз жоқ,қыз қайда?
Ғарры да жоқ,шайқаған мени,
Көре алмадым ҳәм де ҳәммени,
Меники не оншама кеше,
Жорып жибер түсимди шеше?!...

Автор ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ

@ADEBIYAT_QR