Get Mystery Box with random crypto!

ДОС БОЛЫЎ ҲӘММЕНИҢ ҚОЛЫНАН КЕЛМЕС Халила Дәўлетназаров, Қарақ | Қарақалпақ Әдебияты

ДОС БОЛЫЎ ҲӘММЕНИҢ ҚОЛЫНАН КЕЛМЕС

Халила Дәўлетназаров,
Қарақалпақстан халық шайыры


Қаймығыўды билмес жәўҳардың жүзи,
Темир тыйықлардың қалтырар дизи,
Сайрам-сайрам болып қалғандай изи,
Мәрт болыў ҳәммениң қолынан келмес.


Бул ушын ең ағла сезимлер керек,
Ɵзгеде жоқ тақат-төзимлер керек,
Көзлерге жас алып езилмек керек,
Яр болыў ҳәммениң қолынан келмес.


Аўыр кешер оның жоллары жүдә,
Арзыр дейди жанды әйлеўге пидә,
Бираз бәлент пәрўаз гәплер бийҳуўда,
Дос болыў ҳәммениң қолынан келмес.

@X_Dauletnazarov
@ADEBIYAT_QR