Get Mystery Box with random crypto!

И. ЮСУПОВ 93-ЖАСТА. БИР ӘЛЕМСИЗ.. Поэзияны мен теңизге теңе | Қарақалпақ Әдебияты

И. ЮСУПОВ 93-ЖАСТА.

БИР ӘЛЕМСИЗ..

Поэзияны мен теңизге теңесем,
Мендей бунда мың сан қайық көресиз.
Сол теңизде мен жүзиўди қәлесем,
Сиз бундағы жол баслаўшы кемесиз.

Поэзияны мен теңесем аспанға,
Бир шетинде қалқып жүрген қустаймыз,
Жетпесекте изиңнен жол басқанда,
Сиз көрсеткен жолдан ғана ушқаймыз.

Поэзияны мегзетсем мен шөллерге,
Бизлер кәрўан, ал сиз баслап барғансыз.
Шөлистанды бағ жаратып гүллерге,
Безетип бир өрнек болған бағмансыз.

Бул поэзия болса мысал ормандай,
Нарттан шыққан мисли шыбық талдаймыз,
Сиз Байтерек бунда биз нәр алғандай,
Жолыңызды даўамлаймыз, жалғаймыз.

Поэзияны жайнатқан бир шәменсиз,
Ойып ойып жазған алтын қәлемсиз,
Шайыр халқы болса бунда бир әлем,
Ал сиз басқа.. Сиз басқа бир әлемсиз.

Автор каналымыз ағзасы
Жанго Алланиязович
5-май. 2020жыл.

@ADEBIYAT_QR