Get Mystery Box with random crypto!

ЖАЛҒАН ДҮНЬЯ АЙТ КИМЛЕРДЕН ҚАЛМАҒАН Муңы да бар, бәрҳә шадл | Қарақалпақ Әдебияты

ЖАЛҒАН ДҮНЬЯ АЙТ КИМЛЕРДЕН ҚАЛМАҒАН



Муңы да бар, бәрҳә шадлы болмаған,
Бес күн дүнья, ҳеш ким алты қонбаған.
Деми питсе аманатын жоллаған,
Жалған дүнья айт кимлерден қалмаған.

Онбес қара, он бес жақты түни бар,
Бул пәлектиң жумбақлы көп үни бар.
Сени таслап сеннен аўар күни бар,
Жалған дүнья айт кимлерден қалмаған.

Патша өткен әрман менен жасаған,
Шопан кеткен шөлистанда жас адам.
Тәўип өткен сүйеў таўып ҳасадан,
Жалған дүнья айт кимлерден қалмаған.

Наўқас саўма қарамайды ҳешинен,
Биреў ерте биреў кетер кешинен.
Өмир кәрўан түс дер: бир күн көшинен,
Жалған дүнья айт кимлерден қалмаған.


Автор Жаңабай Анетеев

@J_Aneteev
@ADEBIYAT_QR