Get Mystery Box with random crypto!

Ўатанға перзентлик ант Бир қысым топырағыңа тамшы қан тамса, | Қарақалпақ Әдебияты

Ўатанға перзентлик ант

Бир қысым топырағыңа тамшы қан тамса,
Қуламас шынарың сынса шақадан,
Я бир шаңарағың жалынлап жанса,
Тек, мен айыплыман, жазала Ўатан!

Жайыңнан бир гербиш қуласа жерге,
Я жер таянып қалса ақ шашлы атам,
Бир бөбек бесиксиз жыласа егер де,
Тек, мен айыплыман, жазала, Ўатан!

Бир ана жоғалтса перзент дийдарын,
Егер тутар болса бир гоззал матам,
Жалғыз бағ сағынса өз қарыйдарын,
Тек, мен айыплыман, жазала, Ўатан!

Бир қыснақ соқпақта излер жоғалса,
Я қаңырап қалса бир мектеп, бир там,
Мөлдир булағыңнан шықса қоланса,
Тек, мен айыплыман, жазала, Ўатан!

Ғаўғасыз түниңе түссе ғалаўыт,
Бул шадлы күнинде күлмесе адам,
Тулғаңа болмасам қалқан ҳәм саўыт,
Тек, мен айыплыман, жазала, Ўатан!

Автор Кеңесбай Рахманов

Дерек: @kengesbai
@Merwert_uz

@ADEBIYAT_QR