Get Mystery Box with random crypto!

'Ақламады исенимди исенген' Дауыс берип, қолды қойып халайық | Қарақалпақ Әдебияты

"Ақламады исенимди исенген"

Дауыс берип, қолды қойып халайық
"Усы инсан уакилликке ылайық"
Умит етип, исенимди ақлайды
Деген уакил болып шықты налайық.

Сайланарда көп уадени берди ол
Ол хаттеки мутажларга созды қол
Кейин билсек бари жалған көзаба
Мажилисте мази уйқлап қайтты сол.

Сайлаушылар еле умит артыуда
Мумкин улес қосар исенген тулға
Қанша куткен менен қуры уадеден
Арман қарай басалмады хеш алға.

Сайлаушылар бармақ тислеп қалыпты
Умитлери пушқа шығып жаныпты
Мажилисте қаралса қай маселе
Барлық уакил қол көтерип салыпты.

"Май айныса туз саласаң" дер екен
Туз айныса не илажы бар екен
Сонша халық умит еткен уакиллер
Ақламады исенимди исенген.

Автор Адвокат Бабаназаров Муратбай
27.06.2022-ж.

Дерек: https://t.me/maman_advokat_byurosi

@ADEBIYAT_QR