Get Mystery Box with random crypto!

ШЫНТЛАП СҮЙГЕН КЕЎИЛ ҲАСЛАН АЙНЫМАС Шынтлап сүйген кеўил ҳасл | Қарақалпақ Әдебияты

ШЫНТЛАП СҮЙГЕН КЕЎИЛ ҲАСЛАН АЙНЫМАС

Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас,
Сен өзиңди бостан-босқа қыйнадың:
Бизден көре ажарлырақ ҳәм де жас,
Яр тапсам деп, жат пикирди ойладың.

Сатқын тилиң «сүйемен» деп уялмай,
Сыбырлады, сөйтип, бир жат қулаққа.
Сонда туңғыш муҳаббатын қыялмай,
Ҳадал кеўлиң менсиреди бирақта.

Маған соңғы хатты жазып, албырап,
Қорқақ колың почтаға әкеп таслады.
Менсиреген ҳадал кеўлиң, ал бирақ,
Мендей көрип сүйе алмады басқаны.

Жигитке де жеңил емес айралық,
Ышқы азабы мәлим бастан кешкенге.
Талай түним өтти уйқысыз қыйналып,
Сени ҳаслан қыя алмадым ҳеш кимге.

Жаслық өмир саған мениң жанымды,
Сырлы алтын жиби менен ышқының –
Тиккенлиги сонда ғана танылды,
Үзе алмадым умтылсам да күш қылып.

Етегиңе ерген шөптей қалтырап,
Кеўлим саған ерди, рәҳим етпедиң.
Бар сулыўлық нурың менен жарқырап,
Мәккар күлкиң көз алдымнан кетпеди.

Ышқы, - бөдене емес, үриккен ўақтыңда
Безетуғын уя салған жеринен.
Көп оқыдым ышқы, айралық ҳаққында,
Сениң дәртиң өтти бирақ бәринен.

Уйқы орнына сен жайластың көзиме,
Айыплаўға тилим, бирақ, баспады.
Не шара бар, ушқалақ қыз өзине
Ҳәмир етсе «сүйесең» деп басқаны?

Жүрдик сөйтип, ал не болды кейнинде:
Мине, алдыма келип турсаң айланып.
Қалай екен шынтлап сүйген кеўилге,
Қалай, қошшым, аңсат па екен айралық?

Мен өш алар едим ҳәзир, егерде
Сендей көрип сүйе алсам өзгени.
Лекин адам өз бахтына тебер ме,
Өз бахтымды жек көриўге төзбедим.

Таза жүрек таза тәлим себеди,
Муҳаббатты алдай алмас сайлы жас.
Сүйсек, усылай шын сүйейик, себеби, -
Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас.

Автор Ибрайым Юсупов 1955-жыл

@ADEBIYAT_QR