Get Mystery Box with random crypto!

РАМАЗАН МЕНЕН ХОШЛАСЫУ. Әлуидағ рамазан, барасаң кетип Қараң, | Қарақалпақ Әдебияты

РАМАЗАН МЕНЕН ХОШЛАСЫУ.

Әлуидағ рамазан, барасаң кетип
Қараң, бир ай демде кетипти өтип.
Қәте-кемшилигин мәғфират етип
Тутқан оразамды қабыл ет Алла.

Хошласқым келмей тур, көзлеримде жас
Несип еткей және, бир жылдан саррас.
Үмитим, тилегим жууапсыз қалмас
Тутқан оразамды қабыл ет Алла.

Қәдир түнде Қуръан нурын жарытып
Қәлбимиз кирлерин кеткей арытып.
Берекетиң, бақ хәм дәулет дарытып
Тутқан оразамды қабыл ет Алла.

Әлуидағ тарауих, хош бол рамазан
Сағынамыз хәр гез айтылса азан.
Я Рәб, жетип барса бул тилек, сазам
Тутқан оразамды қабыл ет Алла.

Автор Жанполат Кәрим 30.04.2022.

@voyn13
@ADEBIYAT_QR