Get Mystery Box with random crypto!

ҲАЯЛЫҢ КИМ, БИЛИП АЛЫҢ БИРАДАР Айып тағып қылмас бурын гүнәка | Қарақалпақ Әдебияты

ҲАЯЛЫҢ КИМ, БИЛИП АЛЫҢ БИРАДАР

Айып тағып қылмас бурын гүнәкар,
Сөзиң ақыл тәрезиңе тартып ал,
Жоқ кеўилим, демей "оған" қырқ та,
Ҳаялың ким, билип алың бирадар.

Сабыр қылған барыңа да, жоғыңа,
Үнсиз көнген, ашыңа да, тоғыңа,
Ҳәр күн сени, қарап күткен жолыңа,
Ҳаял, тән мәҳремиң "қырық жаны бар".

Дым мазалы артық көрген жаныңнан,
Жаратылған тамырдағы қаныңнан,
"Ерим- пирим" дейип саған табынған,
Ҳаял, әзиз перзентлериң Анасы.

Жулдызыңа сәйкес келген жулдызы,
Қәйин ата - енеңиздиң қундызы,
Саған жәбир бермесе де, жақпаған,
Ҳаял, қәйин журтың еркетай қызы.

Миннет қылмай, ақ жуўып, ақ тараған,
Ерте турып, ас- суўына қараған,
Туўған перзентлерден жақын санаған,
Ҳаял, Ата- Анаңыздың келини.

Жүргениңде таўсылмай бир шабысың,
Шүберекке түйген ары- намысын,
Қолыңа әкелип салған табысын,
Ҳаял, ийман жүзли тақыўадарың.

Перзентлерге берип меҳир гиясын,
Өз қолына алған ҳәм тәрбиясын,
Жетилдирген ақыл, сана, зиясын,
Ҳаял, зүрядларың тәрбияшысы.

Нени жақсы, нени жаман көресең,
Тағамның қай түрин сүйип ишесең,
Таяр қылған дәрҳал нени күсесең,
Ҳаял аспазыңдур, ҳаял ғамхоршың.

Сен билмейсең не бар, не жоқ үйиңде,
Билдирместен саған ҳасла жүйинде,
Жоқтан жонып жүрген шадлы күйинде,
Ҳаял ғәзийнешиң, ҳәм үй бийкеси.

Шаңарақта еки арыстың бири,
Қорғайтуғын үйиңизди ҳәр күни,
Қоллап турған Бибипатмадай пири,
Ҳаял, сениң бир өмирлик жолдасың.

Автор Ақшолпан Аманияз 19.04.2022 жыл