Get Mystery Box with random crypto!

​​ЖАСЛАРҒА Отырарман қыял сүрип, Көзден қашар түн уйқылар. Пе | Қарақалпақ Әдебияты

​​ЖАСЛАРҒА

Отырарман қыял сүрип,
Көзден қашар түн уйқылар.
Пешанамды самал сүйип,
Шуғла шашар ой туйғылар.

Шыдай алсам азабына,
Үмитлер, шийрин туйылар,
Ал, қәлемнен қағазыма
Әрманлар келип қуйылар.

Излесем ойдың түпкирин,
Босалаң сөзлер тыйылар.
Елесем илхам ғалбирин,
Ҳақ ғаний гәплер жыйылар.

Кеўлим шартәрепти гөзлеп,
Акэқлым ушар аспанына.
Кирсем жаңа мәни излеп,
Поэзия бостанына.

Онда мен жүрермен бақлап,
Дийли бәлент пәрўазларды.
Хәр сөзин жүректе сақлаң,
Тыңларман жас ҳаўазларды.

Турарсызлар нәзеримде,
Нарттай болып өзлериңиз.
Ой жемиси әзелинде,
Caп дүзеген сөзлериңиз.

Жалғасындай өз сөзимниң,
Жаңлар деп үмит етермен.
Сол ушын бәрҳә көзимниң,
Қарашығындай күтермен.

Ҳәp бириңди әдиўлермен,
Ағалық меҳирге орап.
Сүйеў көрип қәдирлермен,
Сизде қәдирлерсиз. Бирақ.

Гей қыңыр минезлериңди,
Дүзете алмай өтермен,
Сонда да жаслар сизлерди,
Ойлайда ойлай кетермен.

Ел ышқында жәўлан урған,
Сүйермен өрминезиңди.
Жасты көрсем жанып турған,
Мен көрермен дәл өзимди.

Автор Байнияз Қайыпназаров

@Bayniyaz_Qayipnazarov
@ADEBIYAT_QR