Get Mystery Box with random crypto!

'Қыял Булытлары ' Сәуги дәртин жук қылғанда бул жаста, Өмир | Қарақалпақ Әдебияты

"Қыял Булытлары "

Сәуги дәртин жук қылғанда бул жаста,
Өмир ғалма-ғалы айланар баста,
Дейип: "Дос жоқ саған өзиңнен басқа"
Жауынлар сыйпалар, Жузимди әсте!!

Садағасы кеттим опасыз ярдың,
Көз жумып бәрине, тәғдирге салдым,
"Мен өз өзлигимнен айырылып қалдым"
Өмир дизбегинен түскенде пәске!!

Кетсең, қайырылып қарама хасла,
Ашынып хәм журме көздеги жасқа,
Шарам жоқ, суйиклим, суйгениң басқа,
Мен болсам ышқыңда Қәстемен... Қәсте!!

Гул болып киргеним ақ босағасы,
Кул болып төселди кеуил жарасы,
Дегени болмас екен инсан баласы,
Тал қәддим ийилип қалды бир пәсте!!
Ал Жауын жузимди сыйпалар әсте!!

Автор Мукаррама Оразбаева

@ADEBIYAT_QR